ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА ТҮРКСТАН ТЕМАСЫ (Жазыўшы Камал Мәмбетовтың «Түркстан» романы мысалында)

З.У. БЕКБЕРГЕНОВА
үлкен илимий хызметкер Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты Нөкис/Қарақалпақстан/Өзбекстан

Қарақалпақ көркем сөз өнеринде тарийхый темада Т.Қайыпбергенов «Қарақалпақ дәстаны», К.Султанов «Әжинияз», А.Садықов «Бостансыз бүлбил» (Бердақ шайырға арналған), С.Баҳадырова «Тәғдир», «Тумарис ҳәм Кир», Ҳ.Өтемуратова «Тумарис», «Ҳүрлиман» романларын дөретти. Усы қатарда жазыўшы ҳәм илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор К.Мәмбетовтың «Бозатаў», «Посқан ел», «Түркстан» романлары айрықша орын ийелейди. Буның себеби − Камал Мәмбетов заманагөй темадағы «Ҳүждан» (1991) романы менен өтмиш ўақыяларын сүўретлеўге арналған «Бозатаў» (1986), «Посқан ел» (1988), сондай-ақ «Түркстан» (1993) романларын жазыўға шекем миллий әдебиятымыз тарийхы бойынша «Әййемги қарақалпақ әдебияты» (1976), «Фольклор ҳәм жазба әдебият» (1978), «Каракалпакская литература XIV-XVIII века» (1984), «Ерте дәўирдеги әдебий естеликлер» (1986), «Наўайы ҳәм қарақалпақ әдебияты» (1991), «Өзбек ҳәм Қарақалпақ әдебий байланыслары» (1992), «Қарақалпақлар тарийхы» (1993), «Қарақалпақлар шежиреси» (1993), «Шығыс әдебияты тарийхы» (1993), «Әжинияз» (1994), «Қарақалпақлардың этнографиялық тарийхы» (1995), «Қуран тәлийматлары» (1996), «Әмир Темур ҳәм Едиге» (1996) сыяқлы мийнетлерин жәриялады.

Илимий-изертлеў жумыслары барысында К.Мәмбетов халқымыздың тарийхый төркинине айрықша итибар қаратады ҳәм: «қарақалпақ халқы тили, түр-түси, үрп-әдети, этнографиясы бир-бирине жақын болган қазақ, өзбек, қырғыз ҳәм түркмен халықларынан бөлек жасаған емес. Өз алдына халық болып қәлиплесиў дәўирлери де солар менен сыбайлас. XIV әсир, бәлки, оннан да арғы дәўирлерге сәйкес келеди. Ал, халықтың пүткиллей азайып қалыўының себеплери феодаллық урыслар менен байланыслы. Соның ушын да қарақалпақлар басқа түрки халықлар қатары VI әсирден баслап XIV әсирге шекем даўам еткен улыўма түрки жазба естеликлерин өзлериниң ортак мүлки сыпатында қарайды», − деп тастыйықлайды [4:6]. Аласапыранлы заманларда ата-бабаларымыздың басынан кешкен ўақыяларын өз ишине алған «Посқан ел» романының сюжетинде қарақалпақлардың XV-XVI әсирлердеги Ноғайлы дәўириниң ыдыраў тарийхы сүўретленсе, «Түркстан» романының сюжетинде XVII-XVIII әсирлерде қарақалпақлардың басқа түрки тиллес халықлар менен биргеликте жасағанлығы, қалмақ басқыншыларының шабыўылынан соң ата журты Түркстанды таслап, Хорезм ойпатлығы, Арал жағалаўларына көшиўи сөз етиледи.

Жазыўшы «Түркстан» романының бир пүтин сюжетине арқаў болған тарийхый ҳәдийселерди қайта тиклеп, жан ендириўге ҳәрекет еткенлигин өзиниң «Қарақалпақлардың этнографиялық тарийхы» (Нөкис, 1995) китабында былай көрсетип өтеди: «Бул дәўирде Түркстан ханлығы қурамында қазақ, қарақалпақ ҳәм өзбек халықлары да бар еди. Ешим Мухаммед хан есапланғаны менен (Түркстан ханы – Б.З.) сол ўақыттағы Бухара ханы Абулфайыздан (1711-1747) ғәрезли болды. Абылфайыздың Түркстаннан салық өндирип алыўдан басқа талабы болмады. Түркстанның шегараларын сыртқы душпанлардан қорғаўдан бас тартты. Усындай себеплер менен пүткил Қазақстан даласын басып алыўға бел байлаған жунгарлар (қалмақлар − Б.З.) 1723-жылы бәҳәрде Түркстан жерине бастырып кирген еди. Жунгар патшасы Цеван Рабтан бул саўашқа жүз мыңнан артық әскерин төккен еди. Қазақстан тарийхындағы «Ақ табан шубырынды, алқа көл сулама», қарақалпақлар тарийхындағы «Посқан ел» тәғдирлери солай басланған еди. Қалайда Түркстанда бул дәўирде ярым миллионға шамалас адам қырылып, қалғанлары душпанға бенде болған. Тарийхшылардың берген мағлыўматларына қарағанда, бул жан түршигерлик саўашлардан кейин Түркстанға көп жылларға шекем адам дарымаған» [4:16].

Жазыўшы усындай тарийхый ҳақыйқатлықты көркем шынлыққа айландырыўда экспозициялық сүўретлеўлерден, каҳарманның диалоглы ҳәм монологлы сөйлеўлеринен, авторлық баянлаўдың ишине енгизилген портретлик ҳәм пейзажлық сүўретлеўлерден утымлы пайдаланып отырғанлыгын көремиз. Мысалы, романның тийкарғы ўақыясына кириспестен алдын автор Жийен жыраўдың «Посқан ел» поэмасы менен Бердақ шайырдың «Болған емес» қосығынан қысқа үзиндилерди ҳәм «Үй дәрти – биреў, Ел дәрти – екеў» деген халық нақылын эпиграф сыпатында қолланады. Бул арқалы автор Түркстан дәўиринде жасаған халқымыз тәғдириниң жаўгершиликлер менен бүлгиншиликлерге толы болғанлығын, Аманлық сыяқлы ел басшыларының өз дәрти менен бирге ел дәртин қоса қайғырғанына алдын-ала силтеме береди.

Ҳақыйқатында да, романның дәслепки бети тәшўишли демлерди аңлатыўшы ритм менен ашылады: «Бул мүдҳиш ўақыя тап сол қараң қалғыр бир мың жети жүз жигирма үшинши жылдың сәўир айының сегизинши сәнесинде, сәҳәр ўағында пайда болды. Есиңе алсаң еңсең түсип, жүректи езип жибергендей жүдә биймаза күн еди ғой бул күн…» [5:3].

Автор бул қорқынышлы хабарды «қалмақлар Созаққа бастырып кирди» ямаса «қалмақлар Түркстанға ҳүжим жасады» деп жай хабарламастан, жоқарыдағыдай сәдде-сәдде сөзлер менен баслаған. Тийкарғы ўақыя Сығнақ қаласының ҳәкими Аманлықтың қала қурылысын көркейтиў мақсетинде Бухараға келген жеринен басланыўы тийис болса, бул эпизод автордың нийетине бола бираз артқа шегиндирилип, романның 7-8-бетлерине жайластырылған. Сол күни Аманлық сыйлы адамлар қатарында қала ҳәмелдарлары менен бирге «Елшилер сарайы»на орналасады. Түсинде Аманлық буннан он төрт жыл бурын өлген анасының шөллеп келип, шай ишиўин ҳәм «Елге қайт, қулыным» деп жалбыраныўын жақсылықтың әламаты деп емес, ал душпанлардың Түркстанды басып алғаны ҳәм өзиниң де өлимине жорымаллайды.

− Я тоба! Адам түсинде қайтыс болған адам менен ушырасса өледи дейтуғын еди. Мен бүгин буннан он төрт жыл бурын қайтыс болған анам менен ушырастым. Яки мен де сол жаққа… − деп сыбырлап барып тоқтады»[5:5]. Әдебиятшы И.Султан: «Жазыўшылар көбинесе, шығарманы туўрыдан-туўры ҳәрекеттен баслап, экспозицияны усы ҳәрекеттиң сүўретлениўи тийкарында жүзеге келтиреди» [7:184] – деп жазған болса, «Түркстан» романында сюжеттиң басланыўында Аманлықтың көрген түси оңында да жүз берип, ўақыяның трагедиялық жуўмақланыўына алып келген.

Жазыўшы усылайынша келешек сюжеттиң раўажланыўына түртки болатуғын жағдайларды қаҳарманның санасы, ишки монологлы ойларына қатнаслы сүўретлеген. Енди уйықлай алмасын билгеннен соң, Аманлық тез кийинип алып, айна алдына барады. Сарай алдындағы тынық ҳәўизде жүзип жүрген бир жуп ақ қуўды көрген Аманлықтың қыялынан мынадай ойлар өтеди: « – Булар бахытлы! – деп сыбырланды Аманлық. – Яқ, булар бахытсыз, – деди бирден өз пикиринен қайтып. Еки адамның бахты елдиң бахты бола алмайды. Булар көп болыўы керек еди. Оның үстине көл де, я теңиз де емес, ҳәўизде жүрипти. Топарынан айрылған өриси тар қус. Булар ҳеш қашан бахытлы бола алмайды… Өрисинен айрылған…» [5:6].

Аманлық усы ўақыттан баслап-ақ топарынан айрылған бир жуп ақ қуў сыяқлы қалмақ басқыншылары себепли өзи ойнап-өскен ата мәканы менен ел-халқынан биротала айра түседи. Романда тарийхый дәўирдиң усындай қыян-кески ўақыяларын Аманлықтың монологлы ойлары арқалы сүўретлеўде жазыўшыдан үлкен шеберлик пенен жоқары эрудиция талап етилгени анық.

Аманлық сол күни Түркстан тәрептен киятырған белгисиз кәрўанлардан «Түркстанды жаў шапты» деген суўық хабарды еситкен бойы кеўил-хошлығы жоғалып, өзи басқарған кәрўанды тезлик пенен жолға таярлап елге қайтыўға асығады. Романның сюжетинде автор халқымыздың бир әсирге шамалас тарийхый дәўир ўақыяларының ең әҳмийетлилерин таңлап алып, бас қаҳарман Аманлық басқарған кәрўанның 33 күнлик сапарына шеберлик пенен жайғастырған. Узақ жол басып киятырған Аманлықты қанлы урыслардың себеплери менен тыныш елди бүлгиншиликке салған басқыншылардың бийбастақлық ҳәрекетлери терең ойландырады. Жаў қолында қалған елдиң тәғдирине жаны ашып, гүйзелиске түскен Аманлықтың ишки кеширмелеринен өтип атырған монологлы ойларын автор ҳәр бир бапқа өткен сайын күшейтип барған: « – О қүдирети күшли алла! Халқым қырғыннан аман қалғанда… – Ах! Жаўға жемтик болған елим-ай!…, «Қазаның ишинде қалған халық не күн кеширип атыр екен? Сейдинли ата журтым Сығнақ, халқымның қәҳәри болған қәдирли Қаратаўым өзиң мәдаткар болагөр… «Ел қолдан кетипти… Гүл ийиси қуйқаға мегзеди ме? Демек, бул жерден жақсылық күтип болмайды. Еле Түркстанға жетиўимизге қаншама күн бар? Сонда да, самалдың өлимтик ийисин алып келип турғанын қара?» [5:22;38; 43;57].

Усылайынша, роман сюжетиниң көпшилик орынларында автор баян дизбегиниң бир ушын қаҳарманның ишки монологлық ойларына жүклеў арқалы ўақытлық өткермелерди тезлетиўге, ўақыялардың реаль ҳәм көркем сүўретлениўине ерисип барған. Романның бирпүтин сюжетлик-композициясын дүзиўде автор Аманлықты орайлық орынға шығара отырып, ел басшысы, батыр сәркардасы сыпатында жаў қолында қалған халқының аўыр тәғдирине ашындырып, ойландырады. Керек жеринде ишлей гүйзелиске түсирип, толғандырады, өзин-өзи айыплап, өкиндиреди.

Әй, пүткил әлемди услап турған, қүдирети күшли алла! Не жазығы болып еди, бул мүсәпир қарақалпақлардың! Еңиреместен жүрип еркин жасағандай бир парша жери, жыламай отырып жейтуғын жалғыз тислем наны болмады ғой бул сорлылардың! Қай жерге барса да алдынан жаў, арқасынан таў шыға бергени неси? Мени кишкене елдиң ағасы етип жаратқанша, үлкен елдиң кәмарының тоғасы етип неге жаратпадың! Едилде ел болып едик. Есер жаў ергенегимизди сындырды. Түркстан елимизге түңлик болған ата журтымыз еди. Оннан да айырды. Енди қай жаққа барады, бул сорлы қарақалпақлар!

«− Неге өйттим? Бухараға Барлықбай батырды жиберип, өзим Сығнақта қалғанымда болмас па еди?… – Япырмай бала… Соншама ханлар менен табақлас болғанымда өз халқыма не пайдам тийди? Отыз жыл даўамында үлектей үш ханның оданбасысы болдым» [5:208].

Усылайынша, автор Түркстан дәўирине тийисли тарийхый ўақыялар дизбегин бастан-аяғына өз тилинен туўрыдан-туўры баянлай берместен, қаҳарманның монологлы ойлары, портретлик ҳәм пейзажлық сүўретлеўлерге, автордың ҳәм қаҳарманның ҳаўазы биригип келген еки ҳаўазы сөзге көркемлик функция жүклеў арқалы ерисип отырады. Мысалы, ел басшысы Аманлықтың жол жүрип киятырып өзи менен өзи ишлей сөйлесиўин, ой түбине жете алмай сарсылыўын автор: «Ол ашыў-

зердеге шыдамағаны ушын өз мушын өзи кемирер еди… Тек өзи менен өзи ғана сөйлесип киятыр… Аманлық ойланып-ойланып ой түбине жете алмай киятыр… Аманлық және ойланыўға берилди. Өзи сондай, өз-өзи менен сөйлессе күнниң батқанын да билмей қалады» [5:29;95;101;138] деген түсиндирмелери менен толықтырып отырады. Көрип өткенимиздей, Аманлықтың узыннан-узақ ишки монологлы ойлары тек ғана қара басының қайғысын ямаса шаңарақ ағзаларының мәпин емес, өзи жасаған социаллық жәмийеттиң шешилиўи қыйын қарама-қарсылықлы мәселелерин ашыўға бағдарланған. Роман сюжетинде қысқа пурсатларда берилген Аманлықтың ишки сөзине қарағанда автор баяны менен бирге келген қаҳарманның кеңейтилген ҳәм узыннан-узақ ишки монологлы ойлары басым орын ийелейди.

Роман қурылысындағы портретлик сүўретлеўлерге де автор көркемлик функция жүклеў арқалы сол дәўирдиң руўхын бериўге ҳәрекет еткенлиги сезилип турады. Мысалы, Аманлықтың Бухарада «Елшилер сарайы»нда турған пайыттағы сыртқы көринисин автор сол ўақытта ийелеп турған лаўазымына сай түрде былайынша сызып көрсетеди: «Аманлық…әжайып бир сәркардаға усап көринер еди. Шынында да солай» [5:6].

Аманлықтың сыртқы келбети биринши күни қаншелли айбатлы ҳәм салдамлы көринсе де, елинен узақта жүрип қорқынышлы хабарды еситкен бойы бийғамлық пенен қәтержамлықтың орнын бир сәтте алағадалық пенен кеўилсизлик ийелеп алады. Кәрўанды тезлик пенен жолға таярлап, өз елине атланып баратырған пайытындағы Аманлықтың кейпиятын автор былайынша сызып көрсетеди: «Кәрўанды баслап киятырған Аманлықтың өзи жүзи қуўарыңқырап жийрен аттың үстинде жети бүгилип отыр. Бул кәрўан басы емес, бәлки, жигербентинен айрылып азаға баратырған әлле қандай кеўилсиз бир султанға мегзейди. Қасындағылар да тап сондай Хожейниниң қас-қабағына қарап ҳәмме тым-тырыс болып киятыр» [5:13].

Жазыўшы роман орайында турған қаҳарманлардың портретлик сыпатламаларын сол ўақыттағы турмыслық шәраятқа ҳәм қаҳарманлардың кеўил-кеширмелери менен қыймыл-қозғалысларына сай рәўиште жанландырып сүўретлеўге айрықша итибар қаратады. Қаҳарманның портретин жасаў үлгиси ҳаққында қазақ илимпазы Р.Бердибаев былайынша жазады: «Әдебият тәжирийбеси портрет жасаўдың оғада қурамалы ўазыйпа екенлигин көрсетеди. Адамның түр-түсин сүўретши сыяқлы айнытпай көшириў қыйын болған менен, сол келбетти автордың ямаса өзге қаҳарманлардың көзи менен және анық ситуациялар үстинде бериў аңсат емес. Портрет жекке өзиншелик мақсет ретинде алынса оның оқыўшыға тәсири шамалы, келер-кетери жоқ әшекөй сыяқлы болады да қалады. Ал көркемлик анық мақсети шынлық мураты белгили қаҳарман пишинин жанлы ҳәрекет, қыймыл-қозғалыс гезинде айқынланыўын талап етеди. Демек, реалистлик әдебиятта портреттиң өзинен қаҳарманның минезиндеги елеўли белгилер аңғарылып отырыўы лазым» [1:86].

Әсиресе, автор 33 күн даўамында кәрўан тартып киятырған Аманлықтың тулғасы менен кеўил кеширмелериниң ҳәр қыйлы муқамға дөниўине баслы дыққат аўдарады. Романда персонажлардың келбети менен ишки дүньясы, жаратылысқа болған көз-қарасы менен характерлик өзгешеликлери еки бағдарда сүўретленген. Мысалы, жунгар (қалмақ – Б.З.) басқыншыларының ханы ҳәм сәркардалары Цеван Рабтан менен Церон Доржының ҳәдден тыс жаўызлық ҳәрекетлерин терең ашыў мақсетинде автор портретлик сүўретлеўлерден шебер пайдаланған.

«Цеван Рабтанның жасы алпысқа келип қалған болса да өзи әлле қайда жас көринеди. Сийрек ғана мурты бар, ал көзлери болса пүткиллей мәлим пышықтың көзине мегзес еди, оның үстине қәҳәрли. Ол сөйлемесе де бир қарағаннан-ақ ҳәмме айбынады. Бирақ өлердей зықна адам еди. Гейде мәртлиги де басым, көбирек, мақтаған адамға ийип кетеди. Ҳәр қандай адамға рейими түсе бермейтуғын жаўыз. Өзинен басқа ҳеш кимди де мисе тута бермейтуғын менменлиги бар …» [5:67].

Бул жерде Цеван Рабтанға роман ўақыяларының шийеленискен орынларында автор өзиниң идеялық-эстетикалық концепциясынан келип шығып, ашықтан-ашық унамсыз баҳа береди. Сөз шебери жунгар ханы Цеван Рабтанның сәркардаларының бири Церен Доржының сыртқы портретин де усы бағдарда карикатуралық усылда сызып көрсетеди: « … ол ҳәдден тыс жуўан болып жән-жағына қайырыла алмас еди. Қарны жуўан болғаны менен аяқ бети жип-жиңишке, аяғына балалардың етигиндей кишкене етик кийип жүреди. Басы да кип-кишкене болып, кийген дуўлығасы тап түймедей болып көринеди. Оның үстине бети жап-жалпақ самардай, көзлери жумылып, май басқан қабақлары салбырып төменге түсип кеткен. Желкелери болса тап түйениң өркешиндей бөлек-бөлек. Жарасықсыз мурты тап балалардың ләңкисиндей тарам-тарам болып кеткен бир сықылсыз адам еди. Оның үстине ҳәдден зыят мақтаншақ» [5:54]. Церен Доржының келбети қаншелли дәрежеде секилсиз болса, өзи де қорқақ екенлигин «Оны батыр етип көрсетип, барлық бәледен аман сақлап киятырған сегиз қабат саўыты болса керек», – деп сықақлайды. Жазыўшы усылайынша портретлик сүўретлеўлерден роман қаҳарманларының сыртқы келбети менен руўхый дүньясын ашыў усылы ретинде пайдаланған. Қалмақ басқыншыларының сыртқы көринисиндеги белгилерди автор Аманлықтың портретине қарама-қарсы қойып сүўретлеген. Бул жағдай фольклорлық сүўретлеўлерди еске түсирсе, екиншиден, карикатуралық усылда сызылған портретлер автор позициясын анықлаўға жақыннан жәрдем береди.

Илимпаз Р.Бердибаев «Қазақ тарийхый романы» мийнетинде: «тәбият сүўретин сызыў – мәзи, жеке мақсет емес. Ол бирде ўақыяны раўажландырыў ушын мотивировкалық хызмет атқарса, және бир жерде адамлардың минез-қулқын ашыўға жәрдемлеседи. Көркем әдебиятта тәбият көриниси сүўретлеўдиң бурыннан киятырған еки түрли усылы бар. Усының бири – тәбият қаҳарманның кеўил-күйи, кеширмелерине қарай, усыған салыстырылып, ушластырылып сүўретленеди. Бунда қаҳарман қуўанса, тәбият та қуўанып, қаҳарман ренжисе, тәбият та ренжип отырады. Ал, екиншиден – тәбият адам сезимине қарсы контраст сыпатында сүўретленеди» – деп жазады [1:86]. Ҳақыйқатында да, К.Мәмбетовтың биз сөз етип отырған «Түркстан» романы қурылысында тарийхый дәўир көриниси менен қаҳарманлардың тәғдирин бүгинги китап оқыўшысының көз алдына жанлы сәўлелендириўде пейзажлық сүўретлеўлер сюжетлик мотивировка, параллель психологиялық ҳәм контрастлық сүўретлеў усылы сыпатында өнимли қолланылған.

Аманлықты Сығнақ қаласынан Бухараға келген дәслепки күни «Елшилер сарайы»ның айналасына егилген әлқызыл гүллер менен сәрҳаўыз бойына отырғызылған мәжнүн таллар айрықша заўықландырып, кеўиллендирип жиберген болса, сол күни түнде буннан он төрт жыл илгери өлген анасын түсинде көриўи тәшўишлендиреди. Сол пайытта Аманлыққа өзин қоршаған тәбияттың сулыў сүўрети менен қала көриниси гүңгирт түсли болып көринеди. Автор буны былайынша сүўретлеген: «Таң шамаласып қалыпты. Сонда да, түнги Бухара түнерип көрингени ушын әдеўир қорқынышлы еди. Аспанда жолақ-жолақ бултлар сүзип, қала үстине қәўип-қәтер салып турғандай сарайдың алды бети әбден түнерип, узағырақтан көринген бәлент минараттың көлеңкеси өжирениң әйнеклерин қаплап алып таңның атып киятырғанлығын да сездирмеўге ҳәрекет етеди» [5:6].

Романның «Екинши күн» деп аталған бөлиминде белгисиз кәрўанлардан Түркстанға қалмақ-ойратлардың ҳүжим жасағанын еситкен бойы Аманлық Әбдиләзийз ханның қабыллаўында болып жәрдем сорайды. Лекин, өтиниши орынланбағанлықтан, ол баслаған кәрўан тезлик пенен Бухарадан Сығнаққа жол алады. Автор сол пайыттағы Аманлықтың кеўилсиз кейпиятына қала көринисин былайынша параллель қойып сүўретлейди: «Түстен кейин аспанды булт қаплады. Тоқсан журттан кәрўанлар келип түйилискен Бухара түнериўи менен қала берди» [5:13]. Жолға шықкан Аманлықтың түскин кейпиятын Бухараның бағлы-ҳәремли сулыў қаласы менен көк ийиси аңқып турған жазық даласы, мунарланған бийик таўлары менен сылдырлап аққан суўлары, Түркстанға жеткенше аяғың шық илмейтуғын өзгеше түсли көринислери заўықландырмастан, керисинше, гөззал тәбият көринислери Аманлықтың кеўилсиз кейпиятына контраст қойып сүўретленеди. Усылайынша, романның дәслепки бетлеринен-ақ, автор тәбият көринисине тән тойғын бояўларды қаҳарман психологиясын ашыўдың гилти сыпатында қолланады.

Пейзажлық сүўретлеўлер автор тәрепинен бәрҳама қаҳарман психологиясын ашыў усылы сыпатында ғана емес, олар жасап атырған мәкан-жер, тиришилик дүньясын көркем сүўретлеўде қолланады. Автор Аманлықтың Бухарадан Түркстанға қайтып киятырған пайытындағы сюжет ўақыяларын бираз тоқтатып, оқыўшыны ол жасаған Жийдели елатының күн көрис тиришилиги ҳәм сулыў көриниси менен таныстырады:

«Тап сол бир мың жети жүз жигирма үшинши жылдың сәўир айының сегизинши сәнесинде бул аўыл да ертерек оянған еди. Таў арасынан көтерилген күн зерли нурларын әлемге тарқата баслады да, жердиң бетин замарықтай қаплап атырған ақ отаўларға бир қыя бағып, қой қозылап, бота бозлап атырған қәдимги азанғы аўыл тиришилигин бирден жанландырып жиберди. Гүмбирлеме ақ отаўлардың түңликлеринен шыққан түтин шарбы булттай шубатылып кең аспанды қаплай баслады … Жийделиге быйыл бәҳәр наятый ерте келген еди. Қаратаўдан ескен жағымлы самал енди ғана ғумша жая баслаған таў гүллериниң әлўан ийислерин алып келип, аўыл иши жупар ийислерге толып кетти…» [5:14-16]. Усындай пейзажлық сүўретлеўлердиң хызметин әдебиятшы Ҳ.Ёқубов: «Эпикалық баянлаўда ўақыялар динамизмин тийисли орында тоқтатып турып, соңынан олардың сүўретин тезлетиўге жәрдемлесетуғын стильлик компонентлердиң бири» [2:33], – сыпатында қарастырса, белгили илимпазлар Б.Назаров ҳәм Н.Раҳимжановлар «оқыўшыға бир аз дем алыў майданшасын» жаратып бериў, оқыўшының ойы, санасы, қәлбинде белгили бир кейпият, толқынланыў сезимлерин оятыў, инсанның өзин қоршаған тәбият ҳәм затлық дүнья менен беккем байланыслы екенлигин көрсетиў» [6:81], – деп жазады. Романның келеси бөлимлеринде тыныш ҳәм татыў жасап атырған Түркстан жерине қалмақ-ойратлардың бастырып келиўи менен тәбияттың сулыў сүўрети қорқынышлы ҳәдийселер менен алмасады. Бундай көринислерди автор: «Бул қорқынышлы ўақыяның өзи песиннен басланды. Тәбияттың өзи де тилсимдей болады-аў. Бирден өзгерди. Булт деп булт емес, дүбелей деп дүбелей емес, қойыў шаңға мегзес бир бәле аспанды қаплап кетти. Ушы-қыйыры жоқ бир думан. Қойыў шаң ба? Я түтин бе? Әйтеўир билип болмайды»– деп сүўретлейди [5:17].

Усылайынша, роман сюжетинде бизди қоршаған тәбият көринислери жай ғана пейзажлық сүўретлеў болып қалмастан, ўақыя драматизмин күшетиўге ҳәм тарийх бетлерин кайта жанландырыўға өз тәсирин тийгизген.

Алыс өтмиштеги Түркстан дәўириниң тарийхый ўақыяларын бүгинги дәўир китап оқыўшыларына исенимли ҳәм тәсирли жеткерип бериўде автор баянлаўдың дәстүрий хронологиялық принципине қарағанда, қурамалы субьективлик-психологиялық принципке сүйенгенлигин бас қаҳарман Аманлықтың ишки монологлы ойлары менен еки ҳаўазлы сөзге көркемлик функция жүклеген орынларынан да көриўимизге болады.

Еки ҳаўазлы сөздиң әдебий шығарма қурылысында тутқан орны ҳәм көркем-эстетикалық хызмети қазақ илимпазы Х.Каримовтың изертлеўлеринде кеңнен анализ етиледи ҳәм өзгешелигин былай жазады: «Қос үнли сөз – автор менен қаҳарманның субъективлик көзқарасларын бирге салыстырып, үйлестириўге мүмкиншилиги бар стильлик усыл. Оның әҳмийетли белгиси – баянлаўдың объективлик бағытына қаҳарманның субъективлик бағытының қосылатуғынлығында, баянланған нәрсеге қаҳарманның ортақлығында (двуплановость повествования). Әңгиме баянлаўдың қос үнлилигинде. Басқаша айтқанда, қаҳарман көзқарасын сүўретлейтуғын сөз, тиркес, гәп, гәплер топарының өзинен автордың жасырын баҳасы сезилетуғынында. Бундай еки жақлылық, ең алды менен баянлаўдың сыртқы формасы жағынан автор атынан (III беттен) айтылатуғынынан, ал мазмунына, айтылғанның модальлық-экспрессивлик мәнисине, қолланылған сөзлердиң лексикалық қурамына қарап, оның қаҳарманға тийислилигин аңлаўға болатуғынында көринеди»[3:72-73].

«Түркстан» романының текстинде автор баяны ишине қаҳарманның ойы менен көз-қарасы жүйи билинбестей дәрежеде сиңисип кеткен жерлери ушырасады. Баянлаўдың объективлик бағытына қаҳарманның субъективлик бағытының қосылып кеткен ноқатын анықлаўымызда, айтылып атырған пикирдиң модальлық-эксперссивлик бояўы менен интонациялық өзгешелиги жақыннан жәрдем береди. Романнан мысал алып қарайық:

«Ат үстинде киятырған Аманлық еле кеўилсиз. Түсликтен ескен жағымлы сәўир самалы да оның зейнин аша алмады. Аўқат пенен де, гүрриң менен де хошы жоқ. Егер оған қанат питсе өз елине қарай ушар еди. Бирақ ушпаға қанаты жоқ. Атты тезирек шаўып кетсе болар еди дә, бирақ кәрўан ортасында киятырған қара нарда елдиң еки жыллық мийнети бар. Дүнья деген ҳәмме ўақыт душпан излейди. Өзи кетип қалса еки қап теңге ушын еки жүз адамның қырампыш болмаўына ким кепил. Оның үстине жол абыржы. Кейинги жағында күншиллер көп болса, алдыңғы жағында алаңғасар душпан турыпты. Сонда жалғыз өзи Түркстанға тез жетип барғанда да есапсыз душпанға не ислей алады. Жанында әскери болғанда да бир гәп еди. «Әй не болса болар, кәрўаннан айырылмайын» дейди өзинше» [5:22]. Келтирилген мысалда: «Ат үстинде киятырған Аманлық кеўилсиз. Түсликтен ескен жағымлы сәўир самалы да оның зейнин аша алмады. Аўқат пенен де, гүрриң менен де хошы жоқ. Егер оған қанат питсе өз елине қарай ушар еди. Бирақ ушпаға қанаты жоқ», – деген бир аўыз сөз бенен-ақ, автор Аманлықтың қандай аўҳалда киятырғанлығын түсиндирип келген болса, усы гәп контекстине (асты сызылған сөзлерге − Б.З) елеспесиз түрде қаҳарманға тән болған ойлаў, сөйлеў интонациясы кирип келеди. Автор баяны ишинде келтирилген сөзлердиң қаҳарманның ойынан өтип атырған кеширмелери екенлигин «Әй, не болса болар, кәрўаннан айырылмайын» деген Аманлықтың ишки монологлы сөзи де тастыйықлап тур. Усылайынша, бул гәп контекстинде автор ҳаўазына қарағанда қаҳарман ҳаўазының басым екенин көремиз.

Солай етип, романда қарақалпақ халқының Түркстанға көшип келгеннен кейинги дәўирде (1663-1723-жылларда) жүз берген қыян-кески ўақыяларды сүўретлеўде тарийхый мағлыўматлар менен бирге көркем сөз шебериниң ушқыр қыялы уйғынласып, дәўир ҳақыйқатлығын ашып бериўдиң утымлы усылына айланған. Әсиресе романның бир пүтин сюжетинде автор XVIII әсирде жасаған қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкили Жийен жыраўдың әкеси Аманлықтың образын орайлық орынға шығара отырып, Түркстан дәўириниң турмыс шынлығын көркемлеп сүўретлеўге ҳәрекет еткен. Ал, атақлы шайыр ҳәм жыраў Жийен Аманлық улының образы келеси «Сергиздан» («Посқан ел» романының 4 − китабы − Б.З) романында сәўлеленген ҳәм бүгинги күни автордың үй архивинде сақлаўлы.

Роман сюжетинде автор Түркстан дәўири қаҳарманлары тилиниң тек сырттан қарағанда нәзерге тасланатуғын белгилерин сыпатлаў менен шекленбестен, ҳәр бир персонаждың түсиниклерин, өмирге көз-қарасларын, психологиялық кеширмелерин, минез-қулқын ҳәр тәреплеме ашыўды мақсет етеди. Ўақыяларды ўақытлық ҳәм композициялық жақтан ықшамлап сүўретлеўде авторға қаҳарманның өткенлерди еске түсириўлери менен монологлы ойлары қол келген. Роман композициясын дүзиўде субъективлик баянлаў принципине сүйенген жазыўшы сүўретлеп атырған қаҳарманларының ойлаў ҳәм сөйлеў өзгешеликлерине үлкен итибар қаратады ҳәм оларды өз дәўири менен жасаў шараятына, тил өзгешелигине сәйкес сөйлетиў арқалы тарийхый дәўир ўақыяларының реальлығы менен көркемлигин тәмийинлеген.

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *