ҚОРҚЫТ АТА ҲАККЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ АЎЫЗЕКИ ӘҢГИМЕЛЕРИ

Камалбай Сарсенбаевич ПАЛЫМБЕТОВ
филология илимлериниң кандидаты, доцент Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў институты Нөкис/Қарақалпақстан/Өзбекистан kamal65@inbox.uz

Орта Азияда жасаўшы түркий тиллес халықлардың бири болған қарақалпақ халқының фольклоры ҳәм жазба әдебий мийраслары бизиң заманымызға аўызеки ҳам жазба түринде жетип келди. Солардың бири Орта әсирлерде жасаған тарийхый тулға Қорқыт ата ҳәм оның исми менен аталатуғын жырлар VIII-XI әсирлерде Сырдәрья бойларын мәкан еткен Огуз-Қыпшақ қәўимлери бирлеспесинде дөретилип, ҳәзирги ўақытта Германия ҳәм Италия китапханаларында сақланып атырған жазба мийраслар есапланады. Германиядағы Дрезден китапханасындағы жазба естелик «Китаби-дәдем Қорқыт ғали лисан таифаи у огузан», яғный «Қорқыт атаның огуз тайпасы тилиндеги китабы» деп аталып, бул 12 жырдан турады. Ал, екинши жазба естелик Италиядағы Ватикан-Аристолика китапханасында сақланып, ол қолжазба 6 жырдан турады ҳәм «Хикаят Огузнамэ Казанбек ўа ғайри» деп аталады. Бул еки қолжазбаның ертерек жазылған ҳәм толық деп есапланған Дрезден нусқасы дүнья илиминде көбирек изертлеў объектине айланып киятыр.

Өткен әсирдиң 50-жылларынан баслап қарақалпақ әдебияттаныў ҳәм фольклортаныў илиминде «Қорқыт ата»ға байланыслы «халық арасын»да дөретилген аўызеки әңгимелер үйрениле баслады[1]. Себеби, Қорқыт ата туўралы ҳәр қыйлы әңгимелер халық тәрепинен аўызеки ҳәм жазба түринде ерте дәўирлерден баслап кең таралған. Мысалы, тарийхшы О.Юсупов бурынғы аўқам Илимлер Академиясының Шығыстаныў институтының Ленинградтағы бөлиминен академик А.Н.Самайловичтиң 1906-жылы қарақалпақлар арасында болып, Хожели қаласында жасаўшы Молла Зәриф деген адамнан көп ғана ески қолжазбалар алғанлығын, олардың арасында «Қорқут»(Қурт) баҳадур ҳәм оның ҳаялы Халима, Қынық патшаның қызы» атлы «Қорқыт Баҳадур» деген қолжазбада болғанлығын анықлаған. Буннан тысқары Қарақум ийшан медресесинде көп ғана теберик китаплар менен бирге «Қысса Қорқыт ата ямаса Ақсан шайых» атлы қолжазба да болғанлығы ҳаққында мағлыўматлар бар[2.7].

«Қитаби дәдем Қорқыт» жазба естелиги ҳаққында дүнья алымлары тәрепинен изертлеў жумыслары алып барылған болса, бул жазба естеликиң қааракалпақларға қатнасы ҳәм Қорқыт ата ҳаққындағы қарақалпақ аўызеки әңгимелери ҳаққында жергиликли илимпазларымыздан ҚАйымбетов, Қ.Мақсетов, К.Мәмбетов, Ә.Пахратдинов, С.Бахадырова, К.Алламбергенов, А.Каримов, Ж.Хошниязов, И.Өтеўлиевлар өзлериниң мақалалары менен изертлеўлеринде илимий пикирлер билдирди. Бул жазба естелик Өзбекистан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң усы қатарлардың авторы тәрепинен арнаўлы изертленип, монография жәрияланды[3].

Дүнья алымларының тастыйықлаўынша Қорқыт ҳақыйкый тарийхта жасаған адам. Ол шама менен VIII-XI әсирлер аралығында жасап, Сырдәрья бойында Жанкент қаласында Баят елинде туўылған. Бул жер Орта әсирлердеги огуз, печенег, қыпшақ қәўимлериниң мәкан еткен жерлери есаплнаып, тарийхый дереклерде қарақалпақлардың қәлиплесиўинде үлкен роль ойнаған ҳәм олардың ата-бабалары есапланады. Олай болатуғын болса Қорқыт атаны басқа түркий халықлар сыяқлы қарақалпақлардың да өз адамы ҳәм шайыр, жыраўы деп есаплаўға толық тийкарлар бар. Қорқыт ата өз дәўириниң уллы ойшыл, данышпан, әўлие, ел басшысы, атақлы жыраўы ҳәм шайыры, халықтың ақылгөйи болған. Буны тастыйықлаўшы көп ғана тарийхый фактлер ҳәм дереклер бар. Мысалы, тарийхшылар Әбулғазы Бахадурханның «Шежире-й терекиме»(Түркмен шежиреси), Рашид-ад-Динниң «Жами-ат-таўарих»(Шежирелер жыйнағы) мийнетлеринде, XIV-XV әсирдиң уллы шайырлары Абдурахман Жәмий, Әлишер Наўайы, мийнетлеринде айтылады.

Қоркыт исми менен аталаўшы пүткил дүньяға белгили «Китаби дәдем Қорқут» жазба естелигинде, ол елдиң ақылгөйи, данышпаны, әўлие, кәраматлы, ақсақал бий образында көринеди. Жазба естеликтеги 12 жырдың ҳәммесинде де Қорқыт ата образы қолына қобызын алып Огуз батырларының қаҳарманлық жеңисин жырлаўшы дана жыраўы болып көзге түседи. Бул естеликте оның даналық пенен айтылған нақыл сөзлери де бериледи. Қорқыт атаны көп халықлар атақлы жыраў сыпатында тән алады. Өйткени Қорқыт жыраўлардың саз әспабы қобызды биринши болып ойлап табыўшы, пири, атақлы жыршы, терең мәнили, қысқа афоризмлик қатарларды ҳәм нақыл-мақалларды дөреткен шайыр болып табылады. Халық Қорқыт атаны биринши болып қобызды ҳәм наманы ойлап табыўшы, қобыздың пири деп жүритеди. Бурын адамлар ҳәр қандай заттың пири болады деп түсинген. Мысалы, Жылқының пири Жылқышы ата, малдың пири Зәңги баба, түйениң пири Ойсыл қара, шығырдың пири Нәйлаж баба, темирдиң пири Ҳәзирети Даўыт т.б. Усы сыяқлы қобыздың пири деп Қорқыт атаны түсинген. Буны тастыйықлаўшы аңыз әңгимелер басқа халықлар сыяқлы қарақалпақлар арасында да кеңнен сақланған. Ҳәттеки, ҳәзирги ўақытта да қобыз саз әспабын ислеў технологиясы профессор Қ.Айымбетовтың қарақалпақ жыраўы Есемурат Нурабуллаевтан жазып алған Қорқыттың қобызды шайтанлардың айтыўы менен соққанлығы туўралы айтылған әңгимеге сәйкес келеди. Әңгимени келтирип көрейик. Мысалы, «Қорқыт ата ағаштан қобыз ислеп, саз шертиўди әрман етипти. Көп ағашларды жонып ҳәлек болса да ислеген қобызынан нәтийже шығара алмапты. Қорқыт атаның қобыз жонып отырғанын шайтанлар көрип, Қорқыт атадан қобызыңды көрсет деп сораса, Қорқыт ата оны шайтанлардан жасырыпты. Оннан кейин Қорқыт ата тоғайдан шығып кететуғын кисиге қусап жасырынып барып, екинши жолдан буққышлап барып, шайтанлардың сөзин тыңлапты. Шайтанлар Қорқыт ата туўралы былай деп сөз етип отыр екен» «Қорқыт ата жүдә әжайып исти баслап ақырына жеткере алмапты. Егерде тоғайдағы доңыз сүйкенип қуўраған жигилдик жийдениң ағашынан қобызды жонса, оннан тостаған шығарса», оның тостағанын бақыраўық түйениң бас териси менен қапласа, оған киснеўик аттың қуйрығынан алып қыл тақса, қумлақта, таўда өсетуғын сасық қуўрайдың ширесинен жақса, қылдың астынан көтерип туратуғын гөне қабақтан жонып тийек салса, жүдә шыққыш әспаб болған болар еди». Қорқыт ата шайтанлардың бул сөзлерин еситип ғырра изине қайтып солардың айтқанындай қылып, қобызын ислеген екен, түрли намаға шертилетуғын саз әспабы, жүдә жақсы қобыз болыпты. Қорқыт ата қобызды ҳәр түрли намаға салып шертип жүре берипти. Мине сол-сол екен, тап сол күннен баслап Қорқыт ата қобыздың пири атанып кетипти» [4.75]. Сондай-ақ, профессор К.Мамбетов 1965-жылы Кегейли районында жасаўшы Дәўлетмурат ғаррыдан мынадай рәўаятты жазып алады: «Барлық жыраўлардың пири ҳәзирети Бурық деген киси болған, оны қарақалпақлар Қорқыт ата деп атаған. Күнлердиң күнинде ол анасынан сүт шықпай бозлап турған ботаны көрипти. Бүкир жийдеден қобыз ислеп, оны ешки териси менен қаплап, ат қуйрығынан тар тағып, зарлы намаға салып шертип бир толғаў айтқан екен, нардың сүти ийип кетипти Қарақалпақтың «Нар ийдирген» намасы соннан қалыпты. Соннан баслап «Қорқыт биринши мәртебе қобызды ҳәм наманы ойлап тапқан екен» делинеди. Ал, Қарақалпақ мәмлекетли университетиниң студентлери Бухара областының Кенимех районында 1990-жылы фольклорлық экспедицияда болған дәўиринде Наўрызов Қурбан деген қарақалпак ғаррыдан Қорқыт туўралы мынадай мағлыўматты жазып алады: «Бир патшаның жалғыз баласы болып, ол қырық жигити менен аңға шыққаннан қайтып келмейди. Из-түссиз жоғалған баласын излеген патша ҳеш жерден дерегин таба алмапты. Сонда патша баламның дерегин ким айтса, есапсыз, дүнья, мал беремен деп қалаға жар урдырыпты. Ҳеш ким хабарын билмепти. Қәҳәрленген патша егер енди кимде-ким баламның хабарын айтса, өлтиремен деп жәриялапты».

Баланың хабарын тек Қорқыт ата биледи екен. Ол айтайын десе қорқыпты сөйтип қобыз соғыўға кирисипти. Бирақ қобызының даўысы шықпайды. Сөйтип отырса тойға баратырған бир топар жигитлер қосық айтып баратырған болады. Даўыслары сондай жағымлы, сондай саз болады. Олар қайтарсын тағы өтеди. Бирақ даўыслары жүдә уяң, саз емес болады. Буның себебин Қорқыт ата жигитлерден сорайды. Сонда жигитлер «бизлер баратырсын аш едик, ҳәзир тойып киятырмыз»-депти. Сонда Қорқыт ата: «-Ҳа, сениң қарныңды аш етейин»,-деп қобызын теседи. Патшаға барып баланың хабарын қобыз бенен жырлап баян етеди. Патша оны өлтирмекши болғанында , Қорқыт баланың хабарын айтқан мен емес, мына қобыз ғой,-депти. Патша қобыздың басын ойдырыпты»,-дейди.

Усындай халық аўызеки әңгимелерине қарағанда, Қорқыт өз заманынң ақылгөй, дана жыраўы болған. Дүньяға белгили «Қорқыт ата китабы» жазба естелиги де бул пикирди тастыйықлайды. Ол Огуз батырларының қаҳарманлық жеңисин жырлаўшы дана жыраўы болып көзге түседи. Сондай-ақ, бул китапта оның даналық пенен айтылған нақыл сөзлери де бериледи. Мысалы, «Адам ишпес ҳарам суўдың ақпағаны жақсырақ, Жылқы жемес ҳарам шөптиң өспегени жақсырақ, Жалған сөздиң дүньяға келмегени жақсырақ. Жер қунарын шөп пенен аўқатланған аң билер. Жер тегисин жуўырған кийик билер, қулан билер. Жер мәнисин ел аралаған жыраў билер» т.б. көплеп мысаллар келтире бериўге болады. Профессор К.Мәмбетов: «Сөзиниң ширелилигине қарағанда Қорқыт өз дәўириниң оғада талантлы шайырларынан болған»[10.24] деп жазады.

Солай екен, 1992-жылғы «Әмиўдәрья» журналының 6-7-санларында илимпаз А.Алламуратовтың «Жыраўлар» атлы мақаласы жәрияланды. Онда илимпаз жыраўлардың шығысын, яғный шежире кестесин XIV әсирде жасаған Соппаслы Сыпыра жыраўдан емес, ал оннан 500 жылдай илгериде жасаған Қорқыт атадан баслаў керек деген пикирин айтады. Бул пикирди толық қоллап-қуўатлаўға болады деп есаплаймыз. Бирақ А.Алламуратов не ушын жыраўлар шығысын Қорқыт атадан баслап атырғанлығын мақаласында өзи де толық дәллиллеп бермеген. Себеби, кең оқыўшылар жәмийетшилигинде V-VIII әсирлердиң жазба естелиги Орхон-Енисей жазыўларындағы Тоныкөк, Йоллық-Тегин, IX әсирдиң жазба естелиги «Огузнама»дағы Улық Түрклерде уллы ойшыл, ақыллы, дана жыраўлар болған ғой, сонлықтан де не себеп жыраўлар шығысын солардан басламаймыз,-деген саўал туўылып қалыўы да мүмкин. Себеби, олардың өз заманының атаклы жыраў, шайырлары болғанлығын тасыйықлаўшы мағлыўматты қазақ илимпазы М.Жолдасбековтың «Асыл арналар»(Алма-ата, 1990) атлы изертлеўлеринде де оқыймыз.

Бирақта бизиң пикримизше жыраўлар шығысын Тоныкөк, Йоллық-Тегин, ямаса Улық түрклерден баслаў сәл үстиртинирек (дәлийлсиз) болар еди деп ойлаймыз. Себеби, бизиң заманымызға шекем олардың жыраў яки шайыр болғанлығы ҳаққындағы тарийхый ямаса әдебий дереклер, халық аўыз-әңгимелери, легендалары жетип келмеген. Биз олардың дана жыршы, шайыр болғанлығын тек ғана «Орхон-Енисей» жазыўларынан, «Огузнама» шығармасынан билемиз. Тек бизге сол нәрсе аян Қорқыт атаға дейин де, оннан кейин де қаншадан-қанша жыраў, шайырлардың өткенлиги анық. Тилекке қарсы олар туўралы мағлыўматлардың жоқлығы, сақланбағанлығы өкинишли. Сонлықтан да ҳәзирше жыраўлар шығысын А.Алламуратов көрсеткениндей Қорқыт атадан баслай берген мақул деп ойлаймыз. Бирақта соны айтыўымыз керек, Қорқыт атаның бизиң зааманымызға шекем трийхый терме-толғаўлары, көлемли дөретпелери жетип келмеген. Солай да болса халықлар оны «Қобыздың пири Қорқыт ата» деп атаўының мәниси де, ол туўралы халық әңгимелериниң дөреўи де Қорқыт атаның дәслепки жыраўлардың атасы болғанлығынан болса керек. Усының өзи бизге бул әңгимелердиң ҳайқыйқатлыққа бир нәўийе жақынласыўына гүман туўдырмайды. Бирақ ҳәр қандай халық әңгимелеринде мифологиялық сүўретлеўлер, мифлик исенимлер болатуғыны мәлим. Себеби, халық ўақыттың, дәўирдиң өтиўи менен ҳәр кыйлы, идеяларды, исенимлерди ойлап таўып, қосып отырған.

Илимде елеге шекем «Қорқыт» сөзиниң этимологиясы анықланған емес, оны илимпазлар ҳәр қыйлыша түсиндирип келмекте. Мысалы, қазақ илимпазы Ә.Жақыпов: «Қорқыт» еки негизги түбирден бириккен сөз: Қор-қут, яғный қут қазнасы, сөзлер қоры, бахытлылық дереги ордасы т.б. «Қут қонған, бақ қонған деген сөзлер синоним болады. Қазақ тилиндеги сөзлердиң екинши буўынларында да еситилетуғын: о,ө,у,ү даўыслы сеслери, е,ы сеслериниң бири менен алмасады. Усы заңлылық бойынша «Қор-қут» сөзи тиркес айтыла келе «Қорқыт» болып фонетикалық өзгериске ушырап, бириккен түбирли атаў сөзге айналған»[5.26-28],-деп жазса, ал С.Ақатаев «Түсимде Қорқыт атам аян берди»(«Қазақ әдебиети» газ. 1990, 10-февраль) мақаласында «Қорқыт, Қорқут (Қор-жер асты, қут-жан) исми менен адамлар машайықлық процессине ушыраған шаманистлик мифологияны излестиреди»,-деп жазады.

Бул айтылған пикирлер дурыс болыўы да мүмкин, лекин Қорқыт сол адамның ҳақыйқый аты емес, ал оған қойылған «лақап», «лаўазымдай атақ» болыўы да мүмкин. Себеби, Қорқыт сөзи туўралы пикир билдириўши профессор А.К.Боровков қуранның XII-XIII әсирлердеги Орта Азиялық сөзбе-сөз аўдармасын ҳәм комментариясының лексикасын қарап шығып усы текстте фейилдиң «Қорық», «Қорқытыў» сөзинен келип шыққан екинши бир ат «Қорыққанлар» яғный диншил, динге исениўшилер (қудайдан қорыққанлар) деген мәнистиң бар екенлигин анықлады ҳәм «Қорқытқан», «Қорқытыўшы» сөзлери әдетте араб тилине аўдарылғанда да «райс-ел ағасы, елши, устаз, нәсийҳат айтыўшы, басшы» деген мағананы береди[6.163-165],-деп жазады. Алымның бул пикирлерин академик В.М.Жирмунский мақуллап Қорқыт сөзи усындай мәнисти бериўи де мүмкин ҳәм өзиниң шығысы бойынша да лақап аты болыўы керек[7], -деп көрсетеди.

Ҳакыйқатында да бул алымлардың пикири дурыс болыўы да мүмкин. Себеби, ертеде өткен уллы адамлардың көпшилиги тарийхта өз атларынан басқа екинши бир ат пенен танылып келгенлиги мәлим. Мысалы, Темучин-Шыңғыс, Мухаммед Тарағай-Улығбек, Салаҳатдин Муса-Қазызада Румий т.б. Сондай-ақ, Қорқыт ата өз халқы арасында жоқары абыройға ийе, көпти көрген, көп жасаған данышпан адам болған. Мысалы, көпшилик жазба дереклерде ол 95, және биринде 195 жыл өмир сүрген деп көрсетилсе, тарийхшы Абулғази Бахадурхан «Шажарайи таракимә» мийнетинде Қорқыт 295 жас жасап, үш ханның тусында ўәзирлик еткен [8.57],-деп жазады. Дурыс, Қорқыт ата көп жасаған болыўы керек. Буны оның Қорқыт атына ата сөзи қосылып айтылыўы, сондай-ақ, халық арасына кең таралған «Қайда барсаң Қорқыттың гөри» сыяқлы аңыз-әңгимелерде тастыйықлайды. Мысалы, қарақалпақлар арасына кең таралған усы әңгимеден мысал келтирейик:

Қорқыт жүдә қартайғанлықтан ҳәм оны халық жақсы көрип ҳүрмет ететуғын болғанлықтан, ол қашан болса да өледи ғой,-деп гөрин қазып қойған. Бир пийшемби күни Қорқыт әўлиеге барса қазыўлы турған гөрди көрипти. Адамлардан бул кимниң гөри? -депти. Адамлар Қорқыт атаның гөри, -депти. Қорқыт қорқып кетипти. Бул аўыл мени сыйламайды екен деп, дәрҳал басқа аўылға көшип кетипти. Барса ол аўылда да гөр қазып атырған адамлардың үстинен шығыпты. Бул не деп сораса, бул Қорқыт атаның гөри деп жуўап берипти. Ол әжелден қашып көп еллерге барады. Ақырында өлсем, өз елимде өлейин деп қарақалпақлардың арасына қайтып келеди [9].

Қорқыт атаның өлимнен қорқып қашқанлыгы туўралы әңгимелердиң қрақалпақлар арасында бир неше вариантлары бар. Олардың ҳәммесинде Қорқыт атаның өлимнен қорыққанлығы, қорқып қашқанлығы сөз етиледи. Сонлықтан да көпшилик изертлеўшилердиң Қорқыт сөзиниң этимологиясын «қорық», «қорқыў», «қорыққан» деген мағананы билдиреди дегенинде де жан бар. Бәлким, бул әңгимениң халық арасында дөретилиўи ҳәм пайда болыўы сол адамның атының Қорқыт болыўы себепли шығар. Ырасында да ол данышпан адам болғанлықтан өлимге қарсы гүресип, адамларға тиришилик, бахыт излеген болыўы да мүмкин, яки ол өлимнен қорқып қашқанлығы себепли халық арасында тийкарғы аты қалып «Қорқыт ата» лақабы менен таралған болыўы керек. Тийкарынан алып қарағанда әңгимелер халықтың аўызеки (фольклорлық) көркем дөретпеси. Бирақ аўызеки әңгимелер өзиниң дөрелиў төркини бойынша тарийхта жасаған адамлар хаққында, тарийхый ҳәдийселер ҳаққында болғанлықтан оның сюжет қурылысында тарийхый ҳақыйқатлықтың излери сақланатуғыны сөзсиз. Бирақ ўақыттың, жыллардың өтиўи менен аўызеки түрде айтылып, әўладтан-әўладқа өтип келгенликтен мазмунында, қурылысында да тарийхый ҳакыйқатлықтың излери өшип баратуғыны да тәбийғый.

Жоқарыдағы әңгимелердиң сюжетлик ўақыясында ҳәм композициялық қурылысында тарийхый қаҳарман Қорқыттың образы сөз етилгени менен, ол халықтың ой-тилеги, арзыў-әрманлары менен ушласып жатады. Қорқыт образы арқалы баянланатуғын өлимге қарсы гүрес көп, узақ жасаўды әрман етиў, келешекке исеним менен қараў, гөззал мазмунлы өмир сүриўге талпыныў, булардың ҳәммеси де халықтың өмир бойы тилеген әрманы. Халық әңгимесинде калай болмасын адам өмирин узайтыў, жер бетинде тиришилик дүньясын узақ сақлаў,қобыз ҳәм наманы улығлаў идеялары сөз етиледи.

Буннан тысқары Қорқыттың өлимнен қашқанлығы туўралы гейпара аңыз-әңгимелердиң сюжетинде диний сүўретлеўлер, ислам динине байланыстырыўлар орын алады. Мысалы, жоқарыдағы әңгимениң өзинде-ақ Қорқыт дәслеп ислам дининиң нызамларына қарсы шығып, өлимнен қашқаны менен соңында оннан қутыла алмаслығын билип, тәғдирге тән береди. Ал, және бир әңгимеде Қорқыт қудайға «мен өлетуғын болсам қырық жыл бурын хабар бер» деп қудай менен тиллеседи, қудайтаала оған келисим берип, бир күнлери хабар береди. Буны еситип Қорқыт өлимнен қорқып қашып жүреди. Екинши бир әңгимеде мифологиялық-фантастикалық сүўретлеўлер араласып жүреди. Мысалы, Қорқыт ата өлимнен қатты қорқады. Қәйткенде өлмей қалыў жоллларын излестиреди ҳәм буның жуўабын таўлардан, теңизлерден сорайды, олар менен тиллеседи. Әңгимелер халық аўызеки дөретпеси болғанлықтан олардың сюжетинде реалистлик сүўретлеўлер менен қоса, халықтың ушқыр қыяллары, ертеклик арзыў-әрманлары сәўлеленип отырады. Мысалы, бир әңгимеде ол жер бетинде өлимнен қашып қутылыў мүмкин емеслигин билип, ақыр-соңында суў бетине гилемди жайып жиберип, оның үстине отырып алады да қобызын алып жырлап кете бериўи, сондай-ақ Қорқытты суў жыланының шағып өлтириўи сәўлеленген болса, екинши әңгимеде Шырақ қаласының қырық жигитиниң ғарғысы себепли, оның таска айналып кетиўи қусаған сүўретлеўлер орын алады. Бул сүўретлеўлер халық әңгимелеринде ертеклик сюжетлердиң араласып жүретуғынын көрсетеди.

Өткен әсирдиң орталарында Қ.Муратов, Н.Наренов деген адамлар Қорқыт ата туўралы халық әңгимелерин бурмалап ҳеш қандай дәлил ҳәм фактлерге сүйенбестен газета бетлеринде критикалық мақалаларын жәриялаған («Қызыл Қарақалпақстан» газетасы, 1952, 11-июнь). Ал, биз дүнья жүзлик әдебиятларға, әййемги халық мифлерине ҳәм аңыз, әңгимелерге нәзер тасласақ, Қорқыт ата сыяқлы өлимге қарсы гүрескен образларды көплеп ушыратыўымызға болады. Олардан грек мифологиясындағы Прометей, Осетин аңызындағы Амран, индия аңызындағы Сидхарт ҳәм т.б. усындай образлар болып табылады. Улыўма Қорқыт атаның аллатаала буйрығына қарсы шығып, өлимнен қорқып қашыўы, әжелге қарсы гүрес жүргизиўи-бул әңгимениң мусылман дининен көп бурын пайда болғанлығынан дерек береди. Соның ушын да академик В.В.Бартольд «Қорқыт ҳаққында легенда да ол мусылманлардың әўлие адамындай мусылман динине шекемги исенимниң излери сақланған»[9.551], -деп жзады.

Жуўмақлап айтқанда Қорқыт ата өмирине тийисли дереклерди еледе терең үйрениў ҳәм ол туўралы халық арасына тарқалған аңыз, әңгимелерди жыйнаў ҳәм илимий жақтан изертлеў жумысларын алып барыў көп ғана жаңалықлардың бетин ашып қоймастан, биз өтмиште ким едик, түп бабаларымыз ким болған деген сораўға, жуўап табамыз. Әлбетте, халқымыздың өтмиш тарийхына нәзер таслаў арқалы биз сөзге шешен, данышпан, жыраў-шайыр бабаларымыз болғанлығына мақтаныш етемиз.

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *