А.У. БЕКБЕРГЕНОВА
Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты илимий хызметкер Нөкис/Қарақалпақстан/Өзбекистан
bekbergenova_abadan@mail.ru
Басқа түркий тиллес халықларының фольклоры сыяқлы қазақ ҳәм қарақалпақ фольклоры өзиниң тарийхый, қаҳарманлық, лиро-эпикалық дәстанларына ийе екенлиги мәлим. Туўысқан қазақ халқының сүйикли дәстанларының бири «Қобланды батыр» жыры сыяқлы «Қоблан» дәстаны қарақалпақлардың әйиемнен өмир сүрип киятырған қаҳарманлық төл дәстанларынан есапланады. Бизге белгили халық сүйген бул дәстан қыпшақ аўқамына кирген халықлардың ищинде тек ғана қазақ ҳәм қарақалпақ халықларында дәстан түринде, ал қалған ноғай, башқурт, қырым татарлары, барабин татарларында ол ертек, аңыз түринде қалды. Қазақ ҳәм қарақалпақ халқына дәстан болып жетип келиўиниң дәлийли жыраўларымыз тәрепинен атқарылып келген бул дәстанның көп вариантлылығы ҳәм еки халық илимпазларының тынымсыз изленислери болып табылады.
Бизге белгили «Қоблан» дәстанының идея тематикасы өз халқының азат, бахытлы, шадлы турмысы, өз мухаббатын қорғаўшысы, елин сыртқы душпанлардан, залым ханлардан асыраўшы сыяқлы мәртлик, ерлик ислерине қурылған.
«Қоблан» дәстанын Нурабылла жыраў оның баласы Есемурат жыраў, Арзымбет жыраў, Нағым жыраў, Өгиз жыраў, Хожаназар, Сапар жыраўлар ҳәм басқа да көп жыраўлар жырлап өткен. Халықтың сүйип тыңлайтуғын бирден бир дәстанларының бири болып есапланады. Соған қарамастан «Коблан» дәстаны арнаўлы илимий обьектте изертленбеди, бирақ проф. илимпазлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, Н.Жапақов, И.Сағыйтов, Қ.Мақсетов, С.Баҳадырова ҳ.т.б қаҳарманлық дәстанларға байланыслы изертлеўлеринде, мақалаларында илимий анализге тартады. Ҳәзирги ўақытта ӨзРИАҚҚБ китапхана фондында «Қоблан» дәстанының 7 варианты сақланып киятыр. Илимий изертлеўлерде көрсетилгениндей «Қоблан» дәстанының қарақалпақша вариантын 1903-жылы биринши рет хатқа түсирген қарақалпақ аўыз еки әдебиятын жыйнаўдың дәслепки баслаўшыларынан бири рус илимпазы И.А.Беляев болды. Ол жазып алған варианттың бир бабы 1917 жылы Ашхабадта басылып шыққан. «Протоколы заседаний и сообщений членов закаспийского кружка любителей археологии и истории Востока» деген топламның төртинши басылымында дағазаланған. Беляев дағазалаған үзинди «Ер Қобланның қыссасы, қарақалпақтың жыры»[1] деген ат пенен араб графикасында басылған. «Қобланның» Барса-келмес шәҳәриндеги Көбикли дәўге атланған жеринен басланады. Вариант: «Ертедеги әййем заманда, ол заманның қәдиминде Жупар журтының қорығында, Самарқанд таўабығында, мусылманның халқында, Қоблан деген ер дөреген, Барса-келмес шәҳәринде Көбикли дәўдиң елине кетермен болды»-деп басланады. Вариант толық емес, Қобланның атланысын сүўретлейтуғын бир бөлими ғана еди. Бул үзинди жөнинде алым Беляевтың төмендеги қатарларын ушыратамыз: Бул басылымда басқа материаллар менен бирге Хийуа ханлығынының Қыпшақ аўылында қаракалпақтың Кенегес урыўынан Имамқулы деген қарақалпақтан жазып алынған «Қоблан» дәстанының бир бабы басылып отыр. Мениң Закаспий областынан кетиўим себепли «Қоблан» дәстанын толық басып шығарыўға мүмкиншилик болмады.
Бул дәстанның негизги қол жазбасын илим ушын жоғалмаслығы ушын мен 1917-жылы 20-апрельде Илимлер Академиясының жанындағы Азиялық музейге [2] жибердим» [1: Предисловие].
Проф. Н.Дәўқараев И.А.Беляев жазып алған вариантын Есемурат жыраўдан Н.Жапақов жазып алған вараиант пенен қысқаша салыстырады. Сондай-ақ, илимпаз Беляев жазып алған «Қоблан» вариантын кимнен жазып алғаны белгисиз деген пикирди айтып өтеди [3]. «Коблан» дәстаны бойынша көп изертлеў алып барған илимпаз И.Сағыйтов 1961-жылы СССР Илимлер Академиясының Азия халықлары институтының Ленинградтағы бөлиминиң архивинен И.А.Беляев жыйнаған «Қоблан» дәстанының толық текстин табады. Сондай-ақ, алым дәстанның улыўма көлеми 3000 қатарға жақын, қолжазба араб ҳәриби менен жазылған ҳәм «Қоблан» дәстанын Қыпшақ аўылындағы (ҳәзирги Қарақалпақстанның Амиўдәрья районында) кенегес урыўынан қарақалпақ жыраўы Имамқулы деген кисиден жазып алған –деген пикирди айтып өтеди [4]. Бул илимпаздың тынымсыз изертлеўлери Қоблан дәстаны бойынша сол дәуирлери қарақалпақ илимине қосқан үлкен үлеси болып есапланады. Бул мәселе бойынша фольклорист К.Мақсетовтың изертлеўлеринде төмендеги қатарларды ушыратамыз: И.А.Беляевтың Қыпшақта туратуғын Имамқулы деген жыраўдан жазып алған «Қоблан» дәстанының қол жазбасы менен танысқанда онда дәстан Қобланның Көбиклиге атланыуынан басланып, Алшағырды жоқ етип, мурады-мақсетине жетиўи менен тамамланады[5].
Қоблан дәстанының Есемурат жыраў варианты 1940 жылы илимпаз Н.Жапақов тәрепинен жазып алынған. 414 бет. Көлеми 7 мыңға жақын қатарларынан ибарат. «Қобланның» Есемурат жыраў варианты дәстанның қарақалпақша вариантларының ишиндеги мазмуны ҳәм сюжети жағынан ең толық, бас-аяғы пүтин ҳәм ең жақсы варианты болып табылады.
«Қоблан» дәстанын айтыўшы жыраў Есемурат Нурабыллаев 1894-жылы Қоңырат районының Ақшаңлақ деген жеринде туўылған. Ол қарақалпақтың Қоңырат арысы, «Қәндекли қурама» деген урыўынан болады. Есемурат жыраўдың атасы, Нурабылла қарақалпақ халқының ең атақлы жыраўларының биреўи болып есапланады. Ол жыраўшылықты Бухарада өз заманындағы ең белгили жыраў Қазақбайдан үйренген. Ал, Казақбайдың устазы Шаңқай жыраў деген киси болған. Ол жигирмадан аслам адамды шәкиртликке ертип, соның ишинде өзиниң баласы Есемуратты да белгили жыраў етип шығарған.
Қоблан дәстанының Арзымбет жыраў варианты 1959-жылы, июль айында проф. Қ.Мақсетов тәрепинен жазып алынған. Қолжазба қалың төрт дәптерден ибарат қосып тигилген, Сырты сары ренли болып, қоңыр, күл рең нағыслы қатты картон менен қапланған. Р-92, инв № 34639, 311 бет, 5 мың 665 қатарларынан ибарат. Арзымбет жыраў атқарған Қоблан варианты Есемурат жыраў атқарған вариантқа қанша жақын яғни уқсас болсада толық емес есапланады. Себеби вариантта көп эпизодлар түсирилип қалдырылған. Сондай-ақ, Қыпшақлар ҳәм Ноғайлар дәўириндеги тарийхый ўақыялар сәўлеленеди, бирақ, батырдың кәраматлы туўылыўы, Айыллы Орақ, Қыз палўан ўакыялары айтылмаған.
Қоблан дәстанының Карам жыраў варианты ҳаққында айтатуғын болсақ, жыраўдың өзи жазып 1959-жылы ӨзРИАҚҚБ фундаменталь китапхананың қолжазбалар фондына тапсырған. Р-92 Қ-71 инв № 33700, 571 бет, 14 000 катардан аслам 7-8- хәм 11 буўынлы, төрт қатарлы болып келеди күл рең қатты картон менен қапланған. Сондай-ақ, Карақалпақ фольклоры көп томлықтың 9-13 томларынан алғы сөзи менен орын алған. (Ташкент «Маъанавият» 2009-жыл, инв. № 181 669). Карам жыраў варианты өзиниң көлемлиги, көркемлигиниң жоқарылығы ҳәм тек қосық қатары менен берилген қолжазбалардың бири есапланады. Қолжазба күтә сулыў, саўатлы түсиникли жазылған. Карам жыраў варианты Есемурат жыраў вариантына жақын болып жырау дәстанды әкеси Нағым жыраўдан үйренген.
«Қоблан» дәстанын жырлаўшы жыраўлардың бири Карам жыраў Нағым улы 1921-жылы туўылған. Қарақалпақтың қытай тийресинен, урыўы қуйын. Карам жыраў 1938-1939-жыллары Өгиз жыраўға ерип, 8 ай шәкирт болған. Дәслеп өз әкесинен ҳәм соңынан Өгиз жыраўдан «Қоблан», «Алпамыс», «Ер Шора», «Шәрьяр», «Айдос бий», «Едиге» дәстанларын үйренген.
Кобланның Аскар Бекеев варианты 1960-жылы Жамалов Абдиғани март-апрел айларында жазып алған. Р-92 Қ-71 инв. № 34664 134 бет. 2 мың 209 қатардан ибарат болып қолжазба қоңыр шатраш гүлли қатты картон менен қапланған. Қобланның қысқа вариантларының бири есапланған. Мазмуны ҳәм сюжети жағынан Дәўлетмурат жыраў вариантларына күтә уқсас болып өзине тән өзгешеликлери ийе вариант болып табылады.
Кобланның Жәнибек Асқаров варианты 1960-жылы-14-апрельде К.Максетов, К.Мамбетназаров, Ж.Абдикаримовлар тәрепинен жазып алынған. Р-92 инв № 34663 51 бет. Қолжазба қалың еки дәптерден ибарат болып қосып тигилген. Сырты қоңыр реңли ңағыслы қатты картон менен қапланған. 1 мың 165 қатардан ибарат. Варианттың бас жағы басқа қарақалпақ вариантларына уқсас, кейинги жағы қазақша «Қобланды батыр» жырының Марабай-Мергенбай вариантларына бир қанша уқсас келеди[4:114].
Кобланнын Даўлетмурат жыраў варианты 1960-жылы Қ.Мақсетов, Қ.Мамбетназаровлар жазып алған. Р-92, Қ-71, 105 бет, инв. № 34662 2 мың 513 қатардан ибарат. Қолжазба қоңыр-шатраш гүлли қатты картон менен қапланған. Варианттың мазмуны қарақалпақша басқа вариантларға уқсас. Вариант толық емес. Көп эпизодлар түсирип қалдырылған.
Дәўлетмурат жыраў Шамурат улы 1882-жылы Шымбай районының ҳәзирги Кеңес аўылында, бурынғы Қараөзек районына қараслы Есим деген жерде туўылады. Ол қарақалпақтың қолдаўлы урыўының күлки қожақ тийресинен. Дәўлетмурат онжети жасында белгили қарақалпақ жыраўы Әбдирасулиге шәкирт болады. Дәўлетмураттың устазы он бес жасларында аты аңызға айланған Нурабылла жыраўдың шәкирти болған. Ол Нурабылладан «Қоблан», «Алпамыс», «Шәрьяр» дәстанларын үйренген. Ол Шаббаз Шорахан, Хожели, Гөне Үргенч, Хазареп, Хийўа, Ханқа әтирапларында жыраўшылық етеди. Қоңырат районында он бир жыл болып, Нурабылла жыраў менен бир неше рет ушырасады ҳәм өзиниң жыраўшылық өнерин жетилистиреди.
Ережеп жырау Тлеўмуратов варианты проф. Қ.Мақсетов тәрепинен 1960 –жылы жазып алынған. Р-92, Қ-71 инв. № 36797, 85 бет, дәстанның көлеми 2610 катар. Қолжазбаның сыртқы көриниси қатты картонлы китапша журналдан ибарат. (Книга №3 «Коблан» сказитель Ережеп Тлеумагамбетович Аманжолов, записал К.Максетов, с 30 октября по 1 ноября 1960.) – деп жазылған. Вариант изертленбеген яғни дыккаттан шетте қалған. Көп эпизодлар түсирилген. Мазмуны ҳәм сюжетинде дәстанның басқа вариантларына қарағанда өзине тән өзгешеликлери бар. Соны есапқа алып вариантлар қатарында изертлениўи керек деген жуўмаққа келемиз.
Ережеп жыраў 1890 жылы туўылған. Қоңырат Малшы деген жерде әкеси Тилеўмағамбет лакабы куў молла. Әкеси жыраў шайыр адам болған. Әкесиниң беташардағы тапқырлығы ушын қуў бала, қуў молла деп атаған. Жарлы адам болған. Қуў молла «Асқарбатыр», «Өтеш Марқабай», Ермағамбет жырларын жазған. Шәкиртлери Дәрьябай, Қудайберген, Жақсылық, Оразбай, Қалбай, Өмирбай, баласы Ережеп жыраўлар болған. Ережеп жыраў саўатлы адам болған. 1924-27-жылларда баспаханада ислеген, науқасланып кетип қалған. Ережеп әкесиниң дәстанларын жазбасынан үйренген. 22 жасынан баслап жыраўшылық пенен шуғылланады. 1921-23-жыллары балыққа Әмиўдәрьяда басшы болған. 9 жыл колхозда жумыс ислеген. Қоңырат районында 1923-24 жыллары ишки ислерде милиция хызметкери болып ислеген. Билетуғын дәстанлары «Қоблан», «Қарасай қазый», «Заманның түри», «Көк ешек» ҳәмде өзиниң шығарған қосықларын жырлаған.
«Қоблан» дәстанының Ережеп жыраў варианты басқа вариантларға қарағанда мазмуны, сюжети, көркемлигинде көп өзгешеликлер бар. Қолжазба қазақ тилине жақын, отырықшы халықтың тәсири бар болыўы мүмкин. Қобланның басқа вариантларындағыдай қаҳарман атлары уқсас, вариант қысқа, көп эпизодлар түсирилген.
Жоқарыда айтылып өтилгениндей, илимпазлардың тынымсыз изертлеўлери қарақалпақ илимине үлкен үлесин қосты. Нәтийжеде И.А.Беляев жазып алған Имамқулы варианты 1917-жылы, Н.Жапақов жазып алған Есемурат жыраў варианты 1941 жылы Төрткүл қаласында басылып шықты. Усы вариант 1959-жылы толықтырылып Нөкис қаласында басылып шықты. 1981-жылы көп томлықтың YIII томынан орын алды. «Қоблан» дәстаны 1987-жылы А.Наумов, Д.Айтмуратовлардың аўдармасы менен рус тилинде де баспадан шықты.
Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен барлық мәдений байлығымыз, руўҳый мийрасларымыз, әйиемги тарийхый естеликлеримиз қайта тикленди. Соның нәтийжесинде қарақалпақ фольклорының 100 томлығы жарыққа шықты. 2009-жылы Ташкент қаласының «Маънавият» баспасынан бир неше ири дәстанлар қатары «Қоблан» дәстанының Кәрам жыраў Нағыймов варианты баспадан шықты. Вариант қарақалпақ фольклорының 13 томынан орын алды. Бул қарақалпақ фольклористика илиминде үлкен жаңалық болды.
«Қоблан» дәстанының дөрелиў тарийхына байланыслы пикирлерин илимпаз проф. Н.Дәўқараев төмендеги қатарлар менен баянлайды. «Қарақалпақша вариантында гезлесетуғын халықтың тиришилик турмысына, әдет-үрпине, дәстүрлерине қарағанда поэманың сюжети ертеректе, яғный көшпели қәўимлердиң қипчақлар аўқамына биригип жүрген ўақлардағы, ең болмағанда ноғайлылар аўқамына бириксе де, еле «қипчақ» деген атақ пенен аталып жүрген ўақлардағы тарийхый ҳәдийселерден алынған болыўы керек. Ҳәтте «Қоблан» дәстанының турақлы вариантлары Алтын Орданың соңғы дәўирлеринде жарыққа шыққан менен, сюжети илгериден киятырған болыўы керек»[3:218]. Бул мәселе бойынша илимпаз Қ.Айымбетов «Қоблан» дәстаны печенег-қыпшақ дәўиринде яғни XII-XIII әсирде пайда болған дәстан деген пикирге келеди[6]. Қазақ илимпазлары арасында усы мәселеге байланыслы тартыслы пикирлер жүзеге келди, ал кейинги изертлеўлери бойынша «Қобланды батыр» жыры XIY-XYII әсирдеги Иранлылар шахы Ғазан ханның қыпшақ қыят еллерине жасаған топылысларына байланыслы деген жуўмаққа келеди[4:132]. Бизге белгили бул дәстан бойынша көп изертлеў жүргизген алым И.Сағитовтың пикири қазақ илимпазларының пикирлерине үнлес болып келеди: «Қарақалпақша «Қоблан» ҳәм қазақша «Қобланды батыр» жырларының екеўинде де Қобланның урыўы «Қара қыпшақ» деп көрсетиледи. Екеўинде де Қоблан батырдың негизи «ноғайлы елинен шыққан» деп көрсетеди. Буған қарағанда дәстанның тийкарғы улыўма бир деректен шыққан деп шамалаў мүмкин [4:122]. «Кобланды батыр» дәстаны бойынша көп изертлеў алып барған қазақ илимпазы Ә.Қоңыратбаев: «Қоблан» ҳәм «Кобланды батыр» дәстанларында сөз етилетуғын ўақыя бир дәўирдиң емес, ал бир неше дәўирдиң ўақыясын өз ишине қамтыйды, дәстанның сюжетиндеги тарийхый ўақыяны огуз-қыпшақ дәўири(IX-XI әсир), печенег дәўири (IX-X әсир), ноғайлы дәўир (XY әсир), өзбек-қазақ дәўири (XYI әсир), жонғор дәўири (XYIII әсир) деп бес дәўирдиң тарийхый ўақыясы барлығын айтады[7]. Сондай-ақ, фольклорист алым Қ.Мақсетов өзиниң жоқарыдағы пикирлерди төмендеги қатарлар менен тастыйықлайды. «Дәстанның қарақалпақша версиясында «Ноғайлы», «Қыпшақ» сөзлери дәстанның дөрелиўи қандай әҳмийетли болса, «Нурдың қара таўы», «Самарқанд сайқалы», «Шахан улы Ақшахан», «Қарақалпақ халқы» — деген түсиниклердиң дәстанның қәлиплесиўинде үлкен роль атқарғанын белгилеп кетпеўге болмайды[5:246]. Илимпаз С.Баҳадырова: «XI-XIII әсирлердеги қыпшақ далаларындағы ҳәр түрли қәўимлердиң қыпшақлар менен сыртқы басқыншыларға қарсы урысы сүўретленген. Сондай-ақ, Руслар тәрепинен Орал областындағы Букеев даласындағы Қобланды батырдың қәбири туўралы дереклерди келтире отырып, бул мусылман халқының өз әўлийе, пайғамбарларына арнап атын мәңгилестириў традициясының бир түри болыўы мүмкин ҳәм Қоблан тарийхта болған адам деген жуўмақ шығарыў қыйын»-деген пикирди билдиреди[8]. Фольклоршы алым Ж.Хошниязовтың Қоблан дәстанына байланыслы изертлеўинде төмендеги қатарларды ушыратамыз: «Коблан» дәстанының дәреклери де ерте дәўирлердеги мифологиялық дереклер менен басланады. Батырдың үйлениу мотиви экзомагиялық неке тийкарында ески дәстан дөретиушилик усылларының белгилеринен дәрек береди. Ал оның (Қобланның) атланыслары, жанында әскерлериниң болыўы қыпшақ қәўимлериниң жаўынгерлик турмысын сәўлелендиреди. Онда тахтқа таласыў идеялары басым орын ийелейди. Сонлықтан дәстанның тийкарғы сюжетлери халықтың санасында қәлиплескен ески түсиниклердиң жаңаланыўы менен қыпшақлар дәўиринде (XI-XII) пайда болған деп баҳалаўға имканиятлар бар»[9].
Жоқарыда илимий изертлеўлерге қарағанда илимпазларымыз «Қоблан» дәстанының жыйналыўына, дөрелиў тарийхына оғада кеўил бөлгенлиги өз пикирлерин өз дәўиринде айтқан, ҳәм қарақалпақ илимине үлкен үлеслерин қосқан, соған қарамастан дәстан еле де тереңнен изертлеўди талап етип турғаны өз өзинен белгили.
Сондай-ақ, «Қоблан» дәстанын қазақша «Қобланды батыр» жырының бирқанша версияларын салыстырып изертлеў алып барыў илимпазлардың баслы мәселеси болды. Бул бойынша изертлеў алып барған илимпаз проф. А.К.Боровков «Эпослық шығарма идеялық ҳәм көркемлик жақтан бир тутас нәрсе болып табылады. Эпослық шығарманың ҳәр қыйлы вариантларын баҳалағанда ҳәр бир версияның өзгешеликлери менен есапласыуға туура келетуғыны тәбийий нәрсе. Егер де олар бир-бирине күтә жақын редакциялар болмаса онда оларды бир эпикалық темаға жазылған ҳәр қыйлы, басқа-басқа шығармалар деп таныған дурысырақ болады»[10] — деп қазақша ҳәм қарақалпақша версияларын жақынлығына күтә әҳмийетли пикир билдирген болса, илимпаз проф. Н.Дәўқараев «Қоблан» дәстанының қазақ версиясы қарақалпақша вариантқа жақынырағы Нурпейис Байғанинниң жазып алған варианты менен салыстырып изертлейди. Бунда «Қоблан» дәстаны ҳәм «Қобланды батыр» жыры вариантларының өзгешеликлерин айта келип қазақша вариантының мазмуны жыйнақлы, оғада сулыў қурастырылған, көркемлик тил көшпели, мал шарўашылығы менен байланыслы, қарақалпақша вариантында көп қолланылған дәрья, көл, суў, теңиз, дийқаншылықтың элементлери дым аз гезлеседи –деген жуўмаққа келеди. [3:216]. Және де бул мәселеге байланыслы илимий изертлеў алып барған илимпаз И.Сағитов қазақша «Қобланды батыр» жырының Марабай-Мергенбай варианты, «Қобландының» қырым версиясына, «Қоблан» ҳәм «Қобланды батыр» жырларының уқсаслықлары менен өзгешеликлерине тоқтап өтеди[4:115-122]. Сондай-ақ, илимпаз С.Баҳадырова: «Қоблан» ҳәм «Қобланды батыр» дәстанының бир-бирине жақынластырып туратуғын мотивлердиң бири батырлардың сыйынатуғын пирлери, пайғамбар, қудай атларында уқсаслықлар болып табылады. Екеўинде де әўлийеге сыйынып, түнеп ата-анасы балалы болады. Бирақ бийперзентлик мотивиниң берилиўи еки халық версиясында өзгешеликке ийе»-деген пикири арқалы еки дәстанның уқсаслық ҳәм өзгешелик тәреплерин ашып береди [8:19].
Еки халық версиясының сюжетиндеги ҳәм образларындағы байланыс жөнинде (Н.Дәўқараев, О.Кожуров, И.Сағийтов, Қ.Мақсетовлар) пикир билдиреди, сондай-ақ, еки халық версиясындағы образларға илимий тийкарлама береди ҳәм унамлы ҳәм унамсыз қаҳарманларға бөлип үйренеди. Унамлы образлар Қобланның ата-анасы өзлери бай дәўлетли бирақ перзентсизлиги, кейин әўлие қоймай жаўдан елин журтын қорғайтуғын перзент тилеп әрманларына жеткен Қыдырбай ҳәм Бозкемпир. Әлбетте ел қорғаўшысы сыпатында қазақша «Қобланды батыр» ҳәм «Қоблан» дәстанларында еки батыр унамлы қаҳарман етип қөрсетиледи. Олар өз елин сүйиўши батыр болыў менен қатар өзиниң үй-иши, туўысқанларын да сүйген адам етип сүўретленеди. Қазақша «Қобланды батыр» ҳәм қарақалпақша «Қоблан» дәстанының батыр қаҳарманларына үй-иши, туўған-туўысқанлары қанша сүйикли, қанша қымбат болса да туўған елдиң ар-намысы, өз елин жаўдан қорғаўды биринши орынға қояды. Ал, оның ҳаялы Қуртқа ақыллы Қобланның ең жақын жәрдемшиси ғана емес, дана басшы сыпатында сүўретленеди. Алымлар Қуртқа образын сүўретлеўде мына эпизодқа жүдә дурыс итибар қаратқан. «Қоблан Сейдимхан батырдың елине барып, арша ағашты қулатып, Қуртқаны елине алып қайтарда Қуртқа Қобланға анасынан еншиге «Жай тастан басқа нәрсе алма, тек жай тасты ғана сорап ал»-деп ақыл береди. Бул Қуртқаның ақыллылығы, өмирлик жолдасы Қобланның тәғдирине әўмет бағышлайды. Себеби, сол жай тас Қобланға көп пайда келтиреди». «Қобланды батыр» қазақша версиясындағы Қуртқа ҳәм Қарлығаш, сондай-ақ, «Қоблан» дағы Қансулыў образлары менен уқсас болып берилгенлигин көремиз. «Қоблан» дәстандағы унамсыз образлар Ақшахан, «Қобланды батыр» жырында Алшағыр деп көп ушырасады.
Илимпаз С.Баҳадырова: «Ат образын идеализациялаў қаҳарманлық дәстанларда батыр образы менен теңдей турады. «Қоблан» дәстанының еки халық версиясында да батырдың ерлиги, күши, ғайраты қандай мақталса, олар минген аттың сулыўлығы, жүриси, ақылы, сондай етип идеализацияланып бериледи. Ал образын бериўде ҳәр халықтың өзиниң турмыс шәриятына, миллий складына қарап өзинше теңеўлер, образлы сөйлемлер тапқанлығын көремиз»[8:23]-деген пикири арқалы, сүўретлеў қураллары мотив ҳәм метафоралардағы байланыс ҳәм ҳәр халықтағы миллий өзгешелиги жөнинде ямаса еки халықтың версиясындағы усы өзиншеликке айрықша кеўил бөледи. Сондай-ақ, бул мәселе бойынша илимпаз И.Сағыйтовтың мына пикирлери итибарлы есапланады. «Дәстанда әсиресе сулыў теңеўлер көп ушыасады. Мәселен жоқарыда келтирилген Торы аттың образы күтә сулыў көркем теңеўлер менен бериледи. Мине усындай теңеўлер арқалы конкрет поэтикалық образлар менен картиналар жасалады ҳәм соның менен бирге сүўретленип отырған образға халықтың көз қарасын билдиреди»[4:174].
«Қоблан» дәстаны басқа дәстанлардан мазмуны ҳәм сюжетлик қурылысы тәрепинен бирқанша өзгешеликлерге ийе, яғный дәстанда батырды жүдә асыра сүўретлеўлер аз болып, көбирек ис-ҳәрекетлер шынлыққа жақын суўретленген болып келеди, және де батырдың образы тийкарғы орайда турады. Екиншиси кейин қосылған қаҳарманлар болса да оларға онша үлкен әҳмийеттеги роль берилмеген. Бизиң халқымызда тән болған нәрсе, өз руўын жоқары көрсетиў, мақтаў сыяклы руўлық белгилерге қатты итибар берилген болсада, батыр тек руў-қәўим емес, бәлки халқым, журтым деп хызмет қылады, сыртқы жаўларға қарсы гүреседи. Басқа дәстанлардан өзгешелик тәреплерин бунда жай тас, булыт тас сыяқлы батырға жәрдем бериўши кәрматлы күшлердиң, Қараманның Булыт ат, Сағым ат сыяқлы батырдың еки аты туўралы мағлыўматлар басқа дәстанда ушыраспайды [11] дәстанның өзгешелик тәреплери усылардан ибарат.
Сондай-ақ, кейинги жыллары «Қоблан» дәстаны бойынша Қ.Мәмбетназаров өзиниң «Дәўлетмурат жыраў ҳәм ол атқарған «Қоблан» дәстаны[12] атлы мақаласында», жыраў айтқан рәўият, толып атырған әпсаналарға тоқтаған- бул вариант басқа вариантларға қарағанда қысқа болыўына қарамастан өзине тән өзгешеликлериниң бири сонда екенлигин көрип отырамыз, илимпаз Б.Қәлимбетовтың Рамаяның излери»[13] мақаласында «Рамаяна» дәстанының мазмун ҳәм сюжетиндеги уқсаслықларды Қоблан дәстаны менен салыстырып изертлеў нәзерде тутылған. Солай етип, дәстанды салыстырмалы тәризде изертлеўде К.Палымбетов «Қорқыт ата китабы», «Шахнама» сыяқлы шығармалар менен салыстырып түс көриў, пирлердиң қус болып ушып келиўи мифологиялық уқсас тәреплерине итибар қаратқанлығын көремиз[11:48].
Жуўмақлап айтқанда, көплеген жыраўлар тәрепинен атқарылған «Қоблан» дәстанының изертлениўине илимпазларымыз үлкен итибар қаратқанлығының гууасы болдық. Сондай-ақ, алымларымыз жәрияланбаған вариантларына илимий көзқарастан қарай отырып, ҳәр бир варианттың қысқаша мазмунларын келтирип өтеди. Еки халық версиясының сюжетиндеги ҳәм образларындағы байланыс жөнине, дәстанның тийкарғы мазмунынан орын алған мифологиялық мотивлерге, тарийхый ўақыяларға, географиялық орын атамаларына итибар қаратады. Олар дәстанның «Қоблан» ҳәм «Қобланды батыр» қазақша вариантларының өзине тән өзгешеликлерине де анализ жасаған. Сондай-ақ, сүўретлеў қураллары мотив ҳәм метафоралардағы байланыс ҳәм ҳәр халықтағы миллий өзгешелиги жөнинде ямаса еки халықтың версиясындағы усы өзиншеликке айрықша кеўил аўдарған.
Илимпазлардың усындай тынымсыз изертлеўлери нәтийжесинде дәстанның бир неше вариантлары баспадан шығарылған. «Қоблан» дәстаны өзиниң идея тематикасы, мазмуны, сюжет композициясы менен көркемлиги жоқары ең ири қаҳарманлық дәстанлар қатарынан орын алатуғын қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларынан есапланады. Бүгинги күни «Қоблан» дәстанын кең түрде арнаўлы объектте изертлеў ең актуаль мәселелердиң бири болып табылады.