ТАРИЙХ ҲӘМ ЕРТЕК

Ҳүрлиман Кулмуратовна УТЕМУРАТОВА

доцент, филология илимлериниң кандидаты

Полат Жуманиязович ОТЕНИЯЗОВ

киши илимий хызметкер Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Нөкіс/Қарақалпақстан/Өзбекстан polatniyaz1985@mail.ru

Қазақ халқы сыяқлы қарақалпақ халқының да бай фольклорлық мийрасы әййемги дәўирлерден берли сақланып XXI әсирге шекем жетип келген. Жүз томлық «Қарақалпақ фольклоры» үлгилериниң баспадан шығарылыўы үлкен әдебий қубылыс болды. Бул томларда қарақалпақ халқының бийбаҳа ғәзийнеси саналған дәстанлар («Алпамыс», «Қоблан», «Қырық қыз», «Ер шора», «Едиге», «Қаншайым», «Қурбанбек», «Дәўлетиярбек», «Ерсайым» ҳәм т.б), ертеклер, аңызлар, әпсаналар, рәўиятлар, айтылар, жуўап айтыслары, нақыл-мақаллар, жумбақлар, жаңылтпашлар, халық қосықлары ҳәм балалар фолклорының үлгилери орын алған.

Әсиресе, қарақалпақ халқы араында мифлер, аңызлар, ертеклер көплеп таралған. Қорқыт ата туралы аңызлар халық арасында бүгинги күнге шекем айтылады. Қорқыттың қобызды қалай соққаны туўралы қарақалпақлар арасында мынадай аңыз таралған: Қорқыт ата әжайып бир саз әсбабын соқпақшы болыпты. Бирақ, келистире алмапты. Шайтанлар, яғный, демонологиялық персонажлар жыйналып өз-ара сәўбет қурып атырған екен. Қорқыт ата жасырынып барып, шайтанлардың сөзлерин тыңласа, олар саз әспабы туўралы сөйлесип атырған болады. Олар Қорқыттың бир саз әсбабын соқпақшы екенлигин биледи. Булл әсбабына бақыраўық түйениң басынан тери қаплап қуўраған ерик ағашынан пайдаланыў кереклигин айтады. Солай етип, Қорқыт шайтанлардың сөзлерин еситип, қобызды соққан екен. Ямаса Қорқыт ата ҳәм әжели туўралы айтылатуғын аңыз да қарақалпақ халқы арасында күни бүгинге шекем сақланып жеткен. Онда айтылыўынша, Қорқыт атаның жасы үлкейип, қартайған соң адамлар оның гөрин қазып қояды. Қарақалпақлар арасындағы «Қайда барсаң Қорқыттың гөри» деген гәпте усыған байланыслы пайда болған. Қорқыт ата әжелден қашып, дәрьяның ортасына барып, қобызын шертип отырады. Лекин, жан алғыш суў жыланы келбетинде оған ҳүжим жасайды. Бул аңызлардың көркемлик өзгешелиги жоқары. Карақалпақ ертеклеринде мифологиялық персонажлар Қыдыр ата, Ҳәким Улықпан туўралы көп айтылады. «Қарақалпақ фольклоры» ның ертеклер жәрияланған 1-2-томларында «Ақылсыз бала» атлы ертек 273-275-бетлеринде берилген. Бунда баланың мифологилық перонаж Қыдыр атаны излеп апарға шығыы ҳаққында сөз етиледи. Жарлы түсип қалған бала Қыдыр атадан өз бахтын сорамақшы болады. Оның алдынан Қыдыр ата түрин өзгертип бир ғарры болып шығады. Бала сапарының мақсетин түсиндиреди. Екинши мәрте ушырасқанда да бала Қыдыр атаны танымайды. Үшинши сапар Қыдыр ата өз келбетинде балаға дусласады. Қыдыр ата балаға бир жолбарысты қутқарыўды нәсият етеди ҳәм оған қазанның қақпағындай алтын береди. Ақылсыз бала ойланады. «Соншама аўыр тасты көтерип жүремен бе?» деп ойлайды. Соның менен алтынды бир дийқанға берип кетеди. Барып жолбарысты табады ҳәм басынан өткен ҳәдийселерди оған айтып береди. Жолбарыс баланың ақылсызлығын түсинеди ҳәм оны жеп қояды. Булл ертектиң тәрбиялық әҳмийети оғада үлкен. Инсан мийнет пенен бахытқа ериседи, деген көркем пикир айтылады. Мифологиялық персонаж Қыдыр ата образы қарақалпақ фольклорында жийи ушырасады.

«Ҳәким Улықпан» атлы ертек 254-255-бетлерде орын алған. Бунда патшаның тамағына сүйек кетип, зинданда жатқан тәўип Ҳәким Улықпанды алдырады. Ҳәким Улықпан патшаға «Балаңды сойсақ ғана тамағыңдағы сүйек түседи» деп ем айтады. Патша қайыл болмайды. Ақырында аўырыўдың зардабына шыдамай келисим береди. Ҳәким Улықпан бир серкени сойып, қанын шашыратады. Қанды көрген патша «Балам өлди» деп ойлап «ўаҳ» деп жибереди. Сонда тамағындағы сүйек атлығып шығады.

Ҳәким Улықпан қарақалпақ фольклорында көп ушырасатуғын мифологиялық персонаж есапланады. Ол тәўиплик етип аўылларды аралап, ең еми жоқ деген кеселлерге де даўа табады. Бул ертекте перзент адам ушын қаншелли қәдирли екенлиги ҳаққында сөз етиледи.

«Адамның өмири» деп аталған ертек қарақалпақ фольклорының 1-томында 291-292-бетлерде берилген. Бунда Жаратыўшы, адам, ешек, ийт ҳәм маймыллар персонажлар болып қатнасады. Тәңири инсанға отыз жас өмир инәм еткен болады. Адам буның аз екенлигин айтады. Ешек өзине берилген отыз жастың 20 жасын Тәңириге қайтарып береди. Ийт өзине берилген отыз жастың жигирма жасын қайтарады. Усылайынша барлық жасларды Тәңири инсанға береди. Адамның отыз жастан соң жуўырып-жортып хызмет етиўи ешектен алған жигирма жасы менен түсиндириледи. Бул ертекте Жаратыўшы қаҳарман сыпатында қатнасады.

Мухтар Әўезов қазақ халық ертеклерин аңыз, ертек, салт ямаса үлги ертек, мысқыл-мазақ ертеклер ҳәм өтирик әңгимелер деп бөлген еди. Соңынан М. Әўезов пенен Л. Соболев ертеклерди қыялый-әжайып ертеклер, ҳайўанатлар туўралы ертеклер, турмыс-салт ертеклери, балаларға арналған ертеклер, аңыз-әңгимелер сыпатында түрлерге ажыратып қарастырады. Қарақалпақ ертеклерин де ҳәзирги қыялый ертеклер, ҳайўанатлар ҳаққында ертеклер, турмыс ертеклери сыпатында илимпазлар қарастырып жүр. Қыялый ертеклерге байланыслы қарақалпақ илимпазы Қ.Мақсетов «Әжайып ҳәдийселер ҳаққында ертеклер» атамасын да қолланды. Негизинде биз қарақалпақ ертеклерин былайынша бөлиўди мәсләҳәт етемиз:

Қыялый ертеклер

Сыйқырлы ертеклер

Ҳайўанатлар ҳаққында ертеклер 4.Тымсал-ертеклер.
Батырлық ертеклер
Турмыслық ертеклер
Дидактикалық (үгит-нәсият) ертеклер
Балалар ертеклери
Юмор-сатиралық ертеклер
Жумбақ-ертеклер

Мысалы, «Жансап» атлы ертек «Қарақалпақ фольклоры»ның 1-томында 106-117-бетлерде берилди. Бунда Гәўҳарнигин атлы мифологиялық перилер шәҳәри туўралы сөз етиледи. Суймурық хан, Нурықша ҳәм Нурғы – Парман сыяқлы патшалар әпсаналық Сулайман патша сыяқлы «Жансап» ертегинде ҳәрекет етеди. «Ҳаяллар патшалығы ҳаққында ертек» сол китапта 282-290-бетлерде берилген. Бунда да инсан қыялынан дөреген, бөренелердиң үстиндеги бийиктеги Самирам қаласы туўралы сөз етиледи. «Қыран» ертеги (19-26-бетлер), «Аққуўбай патша» (27-31-бетлер), «Алтын баслы айдарҳа» (157-159-бетлер), «Талас» (131-132-бетлер) ертеклери айрықша қызығыўшылық туўдырады. Мысалы, «Өгиз баққан үш жигит» (269-270-бетлер) ертегинде ағайынли Асқар, Басқар ҳәм Дасқардың бир нәҳән өгизи болғанлығы туўралы айтылады. Булл үлкен өгизди қара қус жеп қояды. Өгиздиң жаўырын сүйгеи ғаррының көзине түседи. Оны кемпир алып таслайды. Сол сүйектиң үстине тоқсан үйли аўыл келип қонады. Бир түлки сүйекти кемирип, үйлердиң есигин арқаға қаратып кете береди. Соннан көшпелилер тоқсан қақпан қурады. Бир оны еки жасар бала ол да түлкиге өз қақпанын қурады ҳәм сол қақпаға түлки түседи. Адамлар даўласады, түлкиниң терисин екиге бөлип алады. Тоқсан үйли адамлардың барлығына бир-бир тон ҳәм малақай шығады. Ал, он еки жасар балаға жарты дегелей шығады. Демек, он еки жасар бала ең үлкени саналады. Бунда мифологиялық сүўретлеў арқалы баланың батырлығы көрсетиледи.

Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақлар арасында Қорқыт ата туўралы китаптың бөлимлери, Асан Қайғы, Хожа Ахмет Яссаўийдиң ҳикметлери, Сулайман Бақырғаныйдың көркем шығармалары кең тарқалған. Булардың излерин биз қарақалпақ ертеклеринен көплеп табыўымызға болады.

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *